Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола 23-октябрь күни БРИКС бирлеспеси мәмлекетлериниң саммитинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Қазан қаласына келди.
Аэропортта мәмлекетимиз басшысын Татарстан Республикасы Басшысы Рустам Минниханов ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.
Мәмлекетимиз басшысы Қазан қаласына сапары шеңберинде дәслеп Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Өзбекстан-Ҳиндстан стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Жоқары технологиялар, жасалма интеллект, санаат, энергетика, фармацевтика, транспорт коммуникациялары бойынша бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Быйылғы жылды Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм бизнес форумын өткериў, сондай-ақ, санаат кооперациясы бойынша орта мүддетли бағдарлама қабыл етиўге келисип алынды.
Мәмлекетлеримизде Мәденият ҳәм кино күнлерин, медицина, спорт тараўларында ҳәм жаслардың қатнасыўында, соның менен бирге, жаслардың парламент шөлкемлери шеңберинде биргеликтеги илажлар өткериў усынысы билдирилди.
Жетекшилер болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режесин де додалады.
Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен ушырасыўда Өзбекстан – Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў бойынша әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Еки мәмлекет басшылары сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений ҳәм гуманитарлық тараўлардағы көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Президентлер жедел сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели алмасыўларды даўам еттириў зәрүр екенлигин атап өтти.
Геология ҳәм минерал ресурсларды қазып шығарыў, электротехника, машина қурылысы, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Биргеликтеги мәдений-гуманитарлық илажларды турақлы өткерип барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысты.
БРИКС саммити илажлары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бирлеспениң Жаңа раўажланыў банки президенти Дилма Русефти қабыллады.
Бул абырайлы көп тәреплемели қаржы институты менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери додаланды.
Билимлендириў ҳәм технологиялық раўажланыў тараўындағы бағдарлама ҳәм жойбарлар, социаллық тараўды қоллап-қуўатлаў, санаат, инфраструктура ҳәм логистиканы модернизациялаў, санластырыў, энергетика ҳәм коммуналлық тармақлар шерикликтиң перспективалы бағдарлары сыпатында атап өтилди.
Бирге ислесиў бойынша анық жойбарларды таярлаў ушын биргеликтеги экспертлер топарын дүзиўге келисип алынды.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Сбербанк» президенти ҳәм басқарма баслығы Герман Грефти қабыллады.
Ушырасыўда санлы технологиялар, инновациялар ҳәм билимлендириў тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.
Ташкент қаласында санлы технологиялар тараўында маман қәнигелер ҳәм инженерлер таярлаўға қәнигелескен «Мектеп 21» билимлендириў мәкемесиниң екинши кампусы жумыс баслағанына қанаатланыўшылық билдирилди.
Сондай-ақ, банк секторы ҳәм қала инфраструктурасын басқарыўда нәтийжели санлы шешимлерди енгизиў бойынша әҳмийетли биргеликтеги жойбарлар айтып өтилди.
Күнниң екинши ярымында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БРИКС саммитинде қатнасып атырған делегациялар басшыларын қутлықлаў мәресиминде қатнасты.
«Казань Экспо» халықаралық көргизбелер орайында мәмлекетимиз басшысын Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин күтип алды.
Мәресимде бир қатар еллердиң мәмлекет ҳәм ҳүкиметлери, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшылары да қатнасты.
Илаждан соң салтанатлы қабыллаў мәресими өткерилди.
Сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёев БРИКС саммити шеңберинде Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин ҳәм Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси менен сәўбетлер өткерди.
Еки тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер ҳәм жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы додаланды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазан қаласына сапарының биринши күнинде Татарстан Республикасы Баслығы Рустам Минниханов пенен де ушырасыў өткерди.
Өзбекстан аймақларының Татарстан менен өз-ара пайдалы ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўин және де күшейтиў мәселелери додаланды.
Соңғы жыллары жетекши кәрханалардың санаат кооперациясы ҳәм жедел гуманитарлық алмасыў өзиниң әмелий нәтийжелерин берип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жедел сөйлесиўлер ҳәм өз-ара сапарларды даўам еттириў, Өзбекстан аймағында биргеликтеги экономикалық ҳәм санаат зоналарының жумысын кеңейтиў бойынша келисимге ерисилди.
Қазан қаласына сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Татарстан Республикасының мәмлекетлик сыйлығы – «Дослық» ордени менен сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Жоқары сыйлықты мәмлекетимиз басшысына Татарстан Баслығы Рустам Минниханов салтанатлы түрде тапсырды.
Президентимиз бул орден менен Өзбекстан ҳәм Татарстан арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, халықлар арасында дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге қосқан үлеси ушын сыйлықланды.
Мәмлекетимиз жетекшиси Татарстан басшысына сыйлық ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирип, соңғы жыллары өз-ара бирге ислесиўде жоқары нәтийжелерге ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти ҳәм Татарстан халқына жақсы тилеклерин билдирди.
24-октябрь күни Өзбекстан жетекшиси «БРИКС плюс» форматындағы саммиттиң жалпы сессиясында шығып сөйлейди.
ӨзА