Бүгин Қытай Тайпейи мәмлекетинде U-17 Азия кубогиниң таңлап алыў басқышының дәслепки тур ушырасыўына старт берилди.
Онда Ислом Исмоилов басшылығындағы Өзбекстан жас өспиримлери сайланды командасы палестиналы футболшылар менен ушырасты ҳәм оларды 3:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул ойында қарақалпақстанлы жас футболшылардан Нурбек Сарсенбаев ҳәм Азизбек Еримбетовлар тийкарғы қурамда ойнап, 47-минутта Нурбек өз есабына гол жазып қойыўға еристи.
Сондай-ақ, бул команда резервинде қарақалпақстанлы және бир футболшы Баҳадыр Избаскановта бар.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы