Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Тақыятас, Хожели, Әмиўдәрья ҳәм Нөкис районларындағы исбилерменлер менен ушырасыў өткерди.
Мақсет – олардың исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў, жаңа жойбарларды иске қосыўында ушырасып атырған машқалаларын анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша исбилерменлердиң мүрәжатлерин ҳәм пикир-усынысларын тыңлаў болып есапланады.
Ушырасыўда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализациялаў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.
Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти және де раўажландырыў, олар ушын барлық қолайлы шараятларды жаратыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў орынлы. Тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышқа көтермекте.
Ушырасыўда исбилерменлик жумысын алып барыўда ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди.
Ҳәр қандай инвестиция, өндирис ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарлар Президентимиз тәрепинен бәрқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша атап өтилди.
Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлер қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги