Өзбекстан Миллий олимпиада комитетинде Латвияның бурынғы президенти, ҳәзирги күнде мәмлекетлик баскетбол ассоциациясының баслығы Раймондс Веёнистиң басшылығындағы делегация ағзалары менен баскетболдың раўажланыўы темасында ушырасыў өткерилди.
Сөйлесиў даўамында Миллий олимпиада комитетиниң бас хаткери Ойбек Қосимов мәмлекетимизде ойын спорт түрлерине берилип атырған итибар, атап айтқанда, баскетболды раўажландырыў жолында исленип атырған жумыслар, спортшыларымыздың «Париж-2024» жазғы Олимпиада ойынларында қолға киргизген тарийхый нәтийжеси, «Ташкент-2025» жаслар арасындағы Азия ойынларына таярлық процесслери, «Лос – Анджелес – 2028» жазғы Олимпиада ойынлары ҳаққында атап өтти.
Ушырасыўда кейинги жыллары Өзбекстанда профессионал спорт түрлерин раўажландырыў бойынша кең имканиятлардың жаратылғанына жоқары баҳа берилди.
Т.Рўзиев, ӨзА