Бәршемизге белгили бүгинги күнде президентимиз тәрепинен мәмлекетимизде мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўын раўажландырыў, барлық жоқары оқыў орынларында IT тараўын кеңнен ен жайдырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың саны барған сайын артып бармақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев ал-Хорезмий атындағы Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалында болып, студент-жаслар, программистлер менен ушырасты. Бул жерде студентлер ушын жаратылған шараятларды көрип, олардың пикир-усынысларын тыңлады. Сондай-ақ, студент-жаслар тәрепинен исленип атырған IT стартап жойбарлары менен танысып, олардың турмысқа енгизилиўи бойынша бир қатар анық режелер белгилеп алынды.
Буннан тысқары, илимий изертлеўлер тараўындағы тийкарғы жетискенликлер, жаңа оқыў бағдарламаларының енгизилиўи ҳәм студентлердиң түрли таңлаў ҳәм жойбарларда белсене қатнасып киятырғанлығы ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги