Mухаммед ал-Хоразмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы «Телокоммуникация технологиялары ҳәм кәсиплик тәлим» факультетитинде 21-октябрь –Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 35 жыл толыўы мүнәсибети менен салтанатлы байрам илажы өткерилди.

Илажда факультет деканы Б.Файзуллаев, Өзбек тили ҳәм шет тиллер кафедрасының  аға оқытыўшысы Т.Бабажанова, усы кафедраның  ассистент- оқытыўшысы Д. Сидикова, тюторлар студент-жаслар қатнасты. Байрам кешесинде сөзге шыққанлар өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген сәне ҳәм оның әҳмийети, мәмлекетлик тилде ис жүргизиў, сондай-ақ, өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында тил тазалығына итибарлы болыў мәселелери бойынша түсиниклер берилди ҳәм сәне мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.


Илаж даўамында факультеттиң 1-курс студент –жаслары тәрепинен әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги