Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды, ана тилимиздиң барлық ықласбентлерин бүгинги уллы әййям – Өзбек тили байрамы ҳәм өзбек тилине мәмлекетлик тил статусы берилгениниң 35 жыллығы менен шын кеўлимнен қутлықлайман.

Бизге белгили, миллий тил ҳәр бир мәдений халықтың тарийхы ҳәм өзлигин, руўхый-мәнаўий дүньясын өзинде сәўлелендиретуғын теңсиз байлық болып есапланады. Әййемги  тарийхымыздың ең аўыр ҳәм сынақлы дәўирлеринде де бизди бирден-бир халық сыпатында бирлестирип, әзелий қәдириятларымызды әсирлер даўамында зыянсыз сақлап киятырған ана тилимизди ҳәр қанша ардақласақ, улығласақ арзыйды.

Ҳәзирги күнде елимизде мәмлекетлик тилди раўажландырыў, оның абырайы ҳәм дәрежесин арттырыў, халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, кейинги жыллары көплеген уйымлық ҳүжжетлер мәмлекетлик тилге өткерилди, 100 мыңнан артық географиялық объекттиң аты мәмлекетлик реестрге киргизилди, аймақлардағы 150 мыңнан аслам сыртқы жазыўлар мәмлекетлик тил ҳәм реклама ҳаққында нызам ҳүжжетлериниң талапларына муўапықластырылды.

Жаңадан пайда болып атырған заманагөй түсиниклерге атама бериў, сөз ҳәм атамаларды рәсмий пайдаланыўға киргизиўди системалы жолға қойыў ушын Атамалар комиссиясының жумысы пүткиллей жетилистирилди, бул бағдарда анық илимий нормалар ислеп шығылды.

Өткен жылдан баслап нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын линвистикалық экспертизадан өткериў системасының жаратылғаны тийисли ҳүжжетлердиң мәмлекетлик тил талапларына сәйкес ҳәм методикалық жақтан пухта таярланыўына хызмет етпекте.

Басшылық лаўазымларына талабанлардың өзбек тили бойынша билим дәрежесин анықлаў мақсетинде миллий тест системасы енгизилип, қысқа ўақыт ишинде 3 мыңнан аслам талабанның дерлик 1 мың 500 ине мәмлекетлик тилди билиў бойынша сертификатлар берилди.

Мәмлекетлик тил тийкарларын терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениўди тәмийинлеў ушын Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў қоры тәрепинен 58 атамадағы нызам, сөзлик ҳәм қолланбалар көп мың нусқаларда басып шығарылды.

Әсиресе, кейинги жыллары өзбек тилин санластырыў бағдарында исенимли нәтийжелерге ерисилмекте. Өзбекше текстлерди жасалма интеллект жәрдеминде қайта ислеў ҳәм өзбек тилинде сөйлесиўге мөлшерленген «ақыллы» бағдарлама ислеп шығылып, «Өзбек тили түсиндирме сөзлиги»ниң веб-сайты жаратылды.

Ҳәзирги ўақытта өзбек тилиндеги текстлерди редакторлаў, оларды латын ҳәм кирилл жазыўына аўдарыў ҳәм сөзлердиң сөзлик мәнисин көрсетиўге мөлшерленген электрон бағдарламалар да әмелиятта жедел қолланылмақта.

2025-жыл 1-январьдан баслап улыўма билимлендириў мектеплеринде миллий сертификатқа ийе болған өзбек тили муғаллимлерине мийнет ҳақысының 50 проценти муғдарында айлық үстеме ҳақы төлениўи ана тилимиз пидайыларының мақтанышлы мийнетин хошаметлеўге хызмет етери сөзсиз.

Бизге белгили, көркем аўдарма тилдиң раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе. Жақында мәмлекетимизде көркем аўдарма тараўында Муҳаммед Ризо Агаҳый атындағы халықаралық сыйлық шөлкемлестирилгени де өзбек тили ҳәм әдебиятын және де байытыў ҳәм дүньяға кеңнен ен жайдырыўда әҳмийетли фактор болатуғынына исенемиз.

Жаслар ислери агентлиги тәрепинен ўатансүйиўши ул-қызларымыздың потенциалы жәрдеминде «Википедия» халықаралық интернет энциклопедиясындағы өзбекше мағлыўматлар көлеми кескин көбейип, мәмлекетлик тилде жәрияланып атырған мақалалар көлеми бойынша Өзбекстан Орайлық Азия регионында жетекши мәмлекетке айланғаны дыққатқа ылайық.

Өткен дәўирде Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанындағы Мәмлекетлик тилде жумыс алып барыў тийкарларын оқытыў ҳәм маманлық арттырыў орайында ҳәр қыйлы шөлкем ҳәм уйымларда мийнет етип атырған 33 мыңнан артық хызметкер оқытылды. Сондай-ақ, өзбек тилин үйрениў тилегинде болған ўатанласларымыз ушын бул орай ҳәм оның аймақлық бөлимлеринде бийпул оқыў курслары жолға қойылды.

Усы жерде кеңпейил үлкемизде тыныш-татыў жасап киятырған 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллериниң тили, дәстүри ҳәм қәдирияларын қәстерлеп сақлаў бойынша да әҳмийетли жумыслар әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтпекшимен. Соның менен бирге, республикамыз мектеплеринде тәлим-тәрбия процеси 7 тилде жолға қойылған болып, 160қа шамалас миллий мәдений орай ҳәм қарақалпақ, рус, қазақ, қырғыз, тәжик, түркмен тиллериндеги ғалаба хабар қураллары жумыс алып бармақта.

Орайлық телерадиоканаллар арқалы өзбек тилин үйрениўге бағышланған көрсетиў ҳәм еситтириўлердиң турақлы берилип атырғаны елимизде жасап атырған басқа миллет ўәкиллериниң мәмлекетлик тилди өзлестириўине үлкен үлес қоспақта.

Әзиз дослар!

Өзбек тилиниң теңсиз имканиятларын жүзеге шығарыў, оның дүнья көлеминде абырайы ҳәм тартымлылығын арттырыў ушын еле алдымызда көплеген ўазыйпалар тур.

Бәринен бурын, жоқары раўажланған демократиялық мәмлекетлерде болғаны сыяқлы мәмлекетлик тил пүткил жәмийетти, тили ҳәм миллетине қарамастан, барлық пуқараларды бирден-бир халық сыпатында бирлестириўге хызмет етиўи зәрүр. Бул бағдарда ҳәр қандай халық ушын оғада тәсиршең болған тил мәселесинде артықша сезимлерге берилместен, узақты ойлап, терең ойлап пенен жумыс ислеў керек екенлигин барлығымыз жақсы түсинемиз.

Мәмлекетлик тил тек ғана тараў қәнигелерин ғана емес, ал көп миллетли пүткил халқымыздың биргеликтеги ҳәрекетлери, ақыл-парасаты, руўхый-ағартыўшылық потенциалы, ўатансүйиўшилик пазыйлетлери менен раўажланады.

Мәмлекетимизде нызамға ҳүрмет ҳәм бойсыныў орталығын тәмийинлеў, соның ишинде, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамды турмысымызға избе-из қолланыўда барлығымыз жоқары мәденият ҳәм өз-ара бир-бирин түсиниў туйғысын көрсетиўимиз керек.

Бул бағдарда барлық билимлендириў мәкемелеринде өзбек тили ҳәм әдебияты пәнлерин оқытыў системасын және де жетилистириў арқалы билимлендириўдиң сапасын арттырыўға ерисиў үлкен әҳмийетке ийе.

Телерадиоканаллар ҳәм интернет сайтларында мәмлекетлик тилди үйрениўге жәрдем беретуғын бағдарламалардың саны ҳәм эфир ўақытларын көбейтиў, еркин тил үйрениўшилер ушын қосымша әдебиятлар, сөзликлер ҳәм қолланбалар басып шығарыў турақды дыққат орайында болады.

Санлы мәканда мәмлекетлик тилди кеңнен енгизиўге мөлшерленген жумысларды жаңа басқышқа көтериў, өзбек тилин мәлимлеме технологиялары тараўындағы ири бағдарламалар тили қатарына киргизиў илажларын көриў де әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалады.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Сизлерди бүгинги қутлы байрам менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, жумысларыңызда жаңа табыслар, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Өзбек тилимиздиң байлығы, күш-қүдирети және де зыяда болсын!

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти