Мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы бийлиги қабыл етилди.

Оған бола, Конституцияның 32 жыллығын мүнәсип күтип алыў ҳәм жоқары дәрежеде белгилеў ушын «Конституция – еркин ҳәм абадан турмыс гиреўи!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириў-әмелий ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлар нәтийжели шөлкемлестириледи.

Конституция күнине бағышланған байрам илажларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериў бағдарламасы ҳәм шөлкемлестириў комитети тастыйықланды.

Байрамды бүгинги дәўир руўхына үнлес түрде белгилеў мақсетинде жаңаланған Конституциямыздың мазмун-мәниси ҳәм «Өзбекстан-2030» стратегиясының тийкарғы баслы бағдарлары шеңберинде белгиленген түпкиликли реформалар ҳаққында мәҳәллелер, билимлендириў ҳәм мийнет жәмәәтлеринде ағартыўшылық ушырасыў ҳәм сәўбетлер өткериледи.

Кейинги жыллары экономикалық, социаллық, мәдений-руўхый турмыстың ҳәр қыйлы тараўларында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм бул бағдарда ерисилип атырған нәтийжелерди беккемлеўде жаңа редакциядағы Конституцияның орны ҳәм роли кең түрде жарытылады.

«Конституция – еркин ҳәм абадан турмыс гиреўи!» деген турмыслық сүренниң мәниси ҳәм әҳмийети, жаңа редакциядағы Конституция тийкарында инсан ҳуқықлары менен менен еркинликлери тараўында пүткиллей жаңа басқышқа өтилгени ашып бериледи.

Мүлк ҳуқықларының исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, денсаўлықты сақлаў, илим, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўларын раўажландырыў, нуранийлер, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға турақлы итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў, шаңарақ, аналық, балалық ҳәм әкеликти қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийети кеңнен үгит-нәсиятланады.

Конституция айлығы шеңберинде улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлеринде барлық оқыўшы ҳәм студентлерди қамтып алған ҳалда Конституция сабақлары өткериледи.

Н.Абдураимова,

ӨзА