Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Ҳүрметли мийманлар!
Муқаддес ислам дининиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған сиз, әзизлерди, уллы илимпазлар ели – Өзбекстан жеринде уллы муҳаддис Имам Термизийдиң илимий мийрасын үйрениўге бағышлап өткерилип атырған халықаралық илимий-әмелий әнжуманның ашылыўы менен шын кеўилден қызғын қутлықлайман.
Әлбетте, исламтаныў илиминиң билимданлары болған сизлердей белгили илимпаз ҳәм уламалар, эксперт ҳәм изертлеўшилердиң ҳәзирги абырайлы илажда қатнасып атырғаны бизге үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.
Сизлердиң тымсалыңызда мусылман дүньясының мақтанышы болған Имам Бухарий, Имам Термизий сыяқлы уллы илимпазларымыздың ийгиликли дәстүрлериниң даўамшыларын көремиз.
Қәдемлериңизге гүл питсин, сапарыңыз қутлы ҳәм қайырлы болсын!
Қәдирли дослар!
Биз орта әсирлерде ислам дүньясында жарқын жулдыз болып жайнаған ойшыл бабаларымыз ҳаққында сөз болып, Имам Термизий ҳәзиретлериниң қутлы атларын әлбетте бириншилер қатарында тилге аламыз.
«Муҳаддислер султаны» деген жоқары статусқа ерискен уллы ата-бабамыз – Имам Бухарийдиң сүйикли шәкирти болған теңсиз инсанның жарқын естелиги, өлмес шығармалары, жоқары инсаныйлық пазыйлетлери он еки әсирден берли елимизди даңққа бөлеп киятырғанынан ҳақылы түрде мақтанамыз.
Имам Термизий бабамыз мусылман дүньясында алты уллы муҳаддистен бири сыпатында тән алынғаны, ол инсанның ҳәдислер топламы ең уллы дәреклер қатарында тилге алыныўы, ислам дини бул классик тулға алдында бас ийетуғын екени бул пикирди анық тастыйықлайды.
Бүгинги әнжуман додалаўына Имам Термизийдиң «Аш-Шамоил ал-Муҳаммадия» ҳәм «Сунани Термизий» сыяқлы бийбаҳа шығармалары, термизий илимпазлардың илимий мийрасы ҳәм олардың ҳәзирги күндеги әҳмийети оғада әҳмийетли мәселелердиң қойылғаны мине, усындай ҳүрметтиң және бир әмелий белгиси болып есапланады.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Соңғы жыллары мәмлекетимизде ислам дининиң раўажланыўына шексиз үлес қосқан көплеген илимпазларымыз, соның ишинде, Имам Термизийдиң бийбаҳа мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, муқаддес естелигин қәдирлеў, уллы зыярат орынларын абат етиў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылды.
Бул ҳаққында сөз болғанда, Сурхандәрья ўәлаятының Шерабад районында саўлатлы естелик комплексиниң қурылғаны, Термиз қаласында бул инсанның уллы аты менен аталған халықаралық илимий-изертлеў орайы, орта арнаўлы ислам билимлендириў мәкемеси ҳәм Ислам институты шөлкемлестирилгенин атап өтиў керек.
Мине, усы мәкемелер тәрепинен Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Ислам цивилизациясы орайы, Ҳәдис илими мектеби ҳәм басқа да диний билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў дәргайлары менен биргеликте Имам Термизийдиң өмири ҳәм жумысы, бай мийрасы терең үйренилмекте. Илимпаздың шығармалары көп нусқаларда басып шығарылмақта. Ол адам ҳаққында көплеген илимий изертлеў жумыслары, китаплар, көркем шығармалар жаратылмақта.
Сиз, әзизлер әнжуман күнлеринде бул бағдардағы жумыслар менен жақыннан танысып, бул бойынша бирге ислесиўди және де күшейтиў ушын өз пикир-усынысларыңызды билдиресиз, деп исенемен.
Биз уллы илимпазлардың мийрасхорлары сыпатында ислам динимиз тынышлық, жақсылық ҳәм адамгершилик дини екенин атап өтип, бул теңсиз байлықтан адамзаттың ийгиликли умтылысларын жүзеге шығарыў ушын биргеликте пайдаланыўды, оны келешек әўладларға зыянсыз жеткериўди өзимиздиң тийкарғы миннетимиз, деп билемиз.
Мине, усындай уллы мақсет жолында елимиз илимпазлары, уламалары менен бирге жанкүйерлик көрсетип киятырған сиз, әзизлерге, барлық илим ғайраткерлерине терең миннетдаршылық билдиремен.
Өзбекстандағы жетекши илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелериниң есиклери сизлер ушын ҳәмийше ашық.
Сизлерди және бир мәрте шын кеўилден қутлықлап, бәршеңизге саў-саламатлық, илимий ҳәм дөретиўшилик жумысыңызда үлкен жетискенлик ҳәм әўметлер, әнжуман жумысына болса табыслар тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти