Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-октябрь күни мәмлекетимизде әмелий сапар менен болып турған Әзербайжан Республикасы Сыртқы разведка хызмети басшысы Орхон Султоновты қабыл етти.

Ушырасыў алдында, Әзербайжан уйымы баслығы мәмлекетимиз басшысына Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан-Әзербайжан аўқамласлық ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде және де тереңлестириў мәселелери көрип шығылды.

Түрли дәрежелерде жедел сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели алмасыўлар даўам етип атырғаны, өз-ара саўда ҳәм инвестициялардың көрсеткишлери турақлы өсип атырғаны, тәреплер кооперация жойбарларын қолап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириў, мәдений-гуманитарлық илажларды өткериў бойынша илажлар көрип атырғаны айрықша миннетдаршылық пенен атап өтилди.

Терроризм, экстремизм ҳәм радикализм, кибержынаятшылық ҳәм қәўипсизлике қәўип-қәтер салып атырған басқа заманагөй қәўиплерге қарсы гүресиў бойынша арнаўлы хызметлердиң тығыз уйымлараралық бирге ислесиўин беккемлеў ҳәм нәтийжели муўапықластырыў  әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Аўғанстанның экономикалық раўажланыўына жәрдемлесиўге қаратылған әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де додаланды.

ӨзА