Бүгин Ташкенттеги «Renessans Hall» комплексинде Халықаралық бирге ислесиў басламалары ҳәптелиги шеңберинде «Сайлаўлар демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм жаңаланған Конституцияны әмелде қолланыўдың жаңа басқышы сыпатында» темасында экспертлердиң додалаўы болып өтпекте.
Мәмлекетлик уйымлардың жуўапкерлери, халықаралық экспертлер ҳәм ҳуқықтаныўшылар, сиясий партиялар, пуқаралық жәмийети институтының ўәкиллери қатнасқан илажда Өзбекстандағы демократиялық реформалардың жаңа басқышы шеңберинде сайлаўлардың әҳмийети, сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар ҳәм олардың әмелдеги нәтийжелилиги додалаў орайында болды. «Инсан қәдири ушын» деген принципке тийкарланған ҳуқықый реформалардың мәнисин жәмийетке жеткериў мәселелери көрип шығылды.
Жаңа редакциядағы Конституцияда Өзбекстан «ҳуқықый мәмлекет» деген принцип қатаң етип белгиленгени, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери бағдарындағы нормалар 3 есеге көбейтилгени, инсанның ар-намысы ҳәм қәдирине қол қатылмасылығы беккемленгени, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң жоқары миннети етип белгиленгени ҳәм олардың халықаралық ҳуқық нормаларына толық сәйкес екенлиги атап өтилди.
Ҳәзирги ўақытта тема бойынша додалаўлар сессия жумысы тәризинде даўам етпекте.
Еслетип өтемиз, Халықаралық бирге ислесиў басламалары ҳәптелиги шеңберинде изертлеў ҳәм аналитикалық орайлар, бизнес жәмийетшилиги, министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен 300 ден аслам сырт ел бирге ислесиўшилери менен биргеликте 50 ден артық конференция, дөгерек сәўбетлери ҳәм әмелий пикирлесиўлер шөлкемлестириледи.
Насиба Зиёдуллаева, ӨзА