Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлерин мәмлекет тәрепинен қосымша қоллап-қуўатлаўға байланыслы айырым нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында» қарар қабыллады.
Оған муўапық:
Мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыў ушын ажыратылған кредитлердиң бир бөлегин қаплаў ушын компенсация бериў тәртиби ҳаққындағы реже;
Мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў хызметлерин көрсетиўши исбилерменлик субъектлерине коммуналлық қәрежетлериниң бир бөлегин Мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Бул қарар 2025-жыл 1-январьдан баслап күшке киреди.
Мағлыўмат ушын:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң тармағын кеңейтиў ҳәм бул процесске исбилерменлик субъектлерин тартыў имканиятларын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы 2024-жыл 31-январьдағы ПҚ-49-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң тармағын кеңейтиў, тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў мақсетинде 2025-жыл 1-январьдан баслап:
мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыў ушын коммерциялық банклердиң өз қаржылары есабынан базар процент ставкаларында миллий валютада ажыратылатуғын, баҳасы 20 миллиард сумға шекемги кредитлер бойынша, процент ставкасының Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан асатуғын, бирақ оның 1,5 есесинен көп болмаған бөлегин қаплаў ушын Мәмлекетлик бюджет есабынан компенсация берилиўи;
мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлери ушын имаратларды жаңадан қурған ямаса өзиниң имарат ҳәм объектлеринде улыўма орта билимлендириў жумысын жолға қойған исбилерменлик субъектлерине 5 жыл мүддетке усы билимлендириў шөлкемлериниң жумысы менен байланыслы болған коммуналлық қәрежетлердиң 50 проценти Мәмлекетлик бюджеттен қаплап берилиўи белгиленген еди.
ӨзА