14-октябрь күни «Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, төмендегилерди нәзерде тутыўшы Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы тастыйықланды:

Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў бойынша ерисиў зәрүр болған мақсетли көрсеткишлер, соның ишинде:

– жасалма интеллект тийкарында жаратылған бағдарламалық өнимлер ҳәм көрсетилетуғын хызметлер көлемин 1,5 миллиард АҚШ долларына жеткериў;

– БИАХП (my.gov.uz)да жасалма интеллект тийкарында көрсетилип атырған хызметлер үлесин 10 процентке жеткериў;

– жасалма интеллект бағдарында жумыс алып барыўшы илимий лабораториялар санын 10ға жеткериў ҳәм жоқары қуўатлықтағы есаплаў серверлерин иске қосыў;

– Ҳүкиметтиң жасалма интеллектке таярлық индексинде (Government AI Readiness Index) Өзбекстанның биринши 50 орындағы мәмлекетлер қатарына кириўине ерисиў;

2025-жыл 1-сентябрьге шекем жойбарлар ҳәм илимий-әмелий изертлеўлерди зәрүр мағлыўматлар менен тәмийинлеў мақсетинде нызамшылық ҳүжжетлериниң талапларына муўапық барлық мәлимлеме қәўипсизлиги илажларын көрген ҳалда «үлкен мағлыўматлар» базасы жаратылады.

2026-жыл 1-майға шекем жасалма интеллект технологияларын енгизиў жойбарлары шеңберинде мағлыўматларды қайта ислеў ушын мөлшерленген есаплаў қуўатлықлары иске қосылады.

ӨзА