«Интер Майами» клубы ҳәм Аргентина сайланды командасы ҳүжимшиси Лионел Месси «Интер» ҳүжимшиси Лаутаро Мартинес «Алтын топ»ты қолға киргизиўге ылайық екенин айтты. Оның сөзлерин La Gazette della Sport баслымы келтирмекте.

«Ол Америка Кубоги финалында гол урып, ең жақсы топурарға айланып, жақсы жыл өткерди. Ол ҳәммеге қарағанда «Алтын топ»қа ылайық», – деди Месси.

Мартинес ҳәм Месси Аргентина сайланды командасында ойнайды. 2024-жылы команда финальда Колумбия сайланды командасын 1:0 есабында жеңип, Америка кубогин қолға киргизди. Бул қарама-қарсылықтағы бир голды Мартинес урды.

«Алтын топ» – ҳәр жылы Францияның France Football журналы тәрепинен ең жақсы футболшысына берилетуғын футбол сыйлығы. Улыўма алғанда, футболшы ушын ең абырайлы индивидуал сыйлық есапланады. Биринши «Алтын топ» 1956-жылы берилген. 2023-жылы бул сыйлықты 2022-жылы декабрь айында Аргентина сайланды командасы менен жәҳән чемпионы болған Месси алды.

2003-жылдан берли дәслепки мәрте Саудияның «Ан-Наср» клубында ойнап атырған португалиялы Криштиану Роналду ҳәм Месси сыйлыққа дәўагерлер дизимине киргизилмеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги