Президенттиң қарарына бола, санлы технологиялар тараўындағы стартап жойбарларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған Санлы стартаплардың бағдарламасы әмелге асырылады.
Бағдарламада төмендеги резидент юридикалық шахслар қатнасыўы мүмкин:
Төмендеги талапларға сәйкес келетуғын стартап жойбарлар:
– жумыс даўамлылығы – 6 айдан 7 жылға шекем;
– календарь жылында улыўма дәраматы – 10 миллиард сумнан артпаған;
– инкубация ямаса акселерация бағдарламасын табыслы жуўмақлағанын тастыйықлайтуғын ҳүжжетке ийе;
– санлы технологияларға тийкарланған, жоқары өсиў ҳәм сырт ел базарларына шығыў потенциалы болған бизнес моделине ийе;
– стартап жойбарлар экосистемасы платформасында дизимнен өткен;
– Стартап экосистемасының қатнасыўшылары – венчур қорлар ҳәм жеке меншик инвесторлар ҳәм стартап жойбарлар ушын акселерация ҳәм инкубация бағдарламаларын шөлкемлестириў хызметлерин көрсететуғын исбилерменлер.
Қарақалпақстан хабар агентлиги