Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың стритбол түринен 16-21, 22-30 жас аралығындағы қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Қызғын беллесиўлер жуўмағында, 16-21 жас аралығындағы қызлар арасында 1-орынды Шоманай, 2-орынды Кегейли ҳәм 3-орынды Әмиўдәрья районы командалары ийелеўге миясар болды.

Ал, 22-30 жас аралығындағы қызлар арасында болса, 1-орынды Нөкис қаласы, 2-орынды Әмиўдәрья ҳәм 3-орынды Шоманай районы командалары ийеледи.

 

Жарыс соңында, жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.