Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2023-жыл 19-сентябрьде болып өткен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 78-сессиясында: «Үлкемиз дүнья илиминиң раўажланыўына теңсиз үлес қосқан, исламды ағартыўшылық ҳәм тынышлық дини сыпатында көрсеткен Ал-Хорезмий, Беруний, Ибн Сино, Имом Бухарий, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы илимпаз ҳәм ойшыллар ўатаны екени менен ҳақылы түрде мақтанамыз.
Сондай уллы илимпазлардың бай мийрасын үйрениў, исламның тийкарғы адамгершилик мәнисин терең ашып бериў мақсетинде 2024-жылы Өзбекстанда «Ислам – тынышлық ҳәм жақсылық дини» темасында халықаралық конференция өткериў басламасын алға қоямыз»,- деген еди.
Мәмлекетимиз басшысының ийгиликли басламасы халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды. Усы жақсы усыныс нәтийжесине бола 2024-жылдың 15-16-октябрь күнлери Ташкент ҳәм Хийўа қалаларында «Ислам – тынышлық ҳәм жақсылық дини» темасында абырайлы халықаралық конференция өткерилмекте.
Бул абырайлы әнжуман жумысында дүньяның Саудия Арабстаны, Египет, Түркия, Иордания, Оман, Россия, АҚШ, Франция, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, Ҳиндстан ҳәм Пакистан сыяқлы 22 мәмлекетинен 70 тен аслам абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары, дин ғайраткерлери, муфтийлер ҳәм белгили уламалар қатнаспақта.
Конференциядан гөзленген тийкарғы мақсет – жедел глобалласыў шараятында ислам дининиң қәдириятлары, оның тынышлық сүйер мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасларды диний кеңпейиллик ҳәм улыўминсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, оларда ислам динине жат радикал көзқарасларға қарсы маўасасызлық туйғысын қәлиплестириў ҳәм онда Өзбекстан тәжирийбесин, диний ҳәм дүньялық турақлылығын сақлаў жолындағы ҳәрекетлерин халықаралық жәмийетшиликке жеткериўден ибарат болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен мәмлекетимизде соңғы 7 жыл даўамында диний-ағартыўшылық тараўда үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Ҳәдис илими мектеби, Мир Араб жоқары медресеси, Имам Термизий атындағы ислам институты шөлкемлестирилди.
Бул ағартыўшылық мәкемелериниң барлығы тек ғана диний емес, ал дүньялық илимлерде үлкен жетискенликлерди қолға киргизген уллы илимпазларымыздың мийрасын қәстерлеп сақлаў, ҳәзирги күн ўақыясы көзқарасынан терең изертлеў, ен жайдырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў, тек ғана мусылман дүньясы емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилигине танытыўға хызмет етеди.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанның «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» сүренинен муўапық түрде ислам дининиң тынышлық сүйиўши, кеңпейиллик ҳәм ағартыўшылық идеяларын тарқатыўға, соның менен бирге, мәмлекет, регион ҳәм дүнья көлеминде радикализм ҳәм экстремизмге қарсы гүрести күшейтиў, бул иллетлерди тамыры менен жоқ етиўге өз үлесин қосады.
Конференция Ташкент қаласында «Hilton» комплексиниң әнжуманлар залында өз жумысын баслайды. Әнжуман өз жумысын 3 сессияда даўам еттиреди.
Соның ишинде, қатнасыўшылар «Ислам қәдирияларын қәстерлеп-сақлаўда ҳанафий-мотуридий тәлийматының орны», «Глобалласыў шараятында ислам: исенимлилик ҳәм кеңпейиллик», «Заманагөй жәмийетте идеялогиялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў факторлары ҳәм әмелий шешимлер» темасындағы сессиялар бойынша халықаралық конференция қатнасыўшалары өз-ара пикир алысыў, әҳмийетли мәселелерди додалаў имканиятына ийе болады.
Конференция 16-октябрь күни Хийўа қаласында даўам етеди. Онда «Ислам – тынышлық ҳәм жақсылық дини» темасындағы халықаралық конференцияның жуўмақлаўшы декларациясы қабыл етиледи.
Әнжуман дүнья халықларының татыўлығын ҳәм бирдей раўажланыўын тәмийинлеўде ислам тәлийматының, уллы ата-бабалар мийрасының орны ҳәм әҳмийетин көрсетип бериў менен бирге, ислам динин нықап етип, жаман мақсетлерди әмелге асырыўға умтылып атырған бузғыншыларға қарсы гүресте уламалардың исенимли пикирин қоллап-қуўатлаў менен де оғада әҳмийетли болып есапланады.
Н.Усмонова, ӨзА