Қарақалпақстан Республикасы педагогикалық шеберлик орайында мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған реформалар менен таныстырыў мақсетинде илаж өткерилди.

Илажға профессор-оқытыўшылар ҳәм үзликсиз кәсиплик раўажландырыў курсы тыңлаўшылары қатнасты.

Илаж даўамында Социаллық-экономикалық пәнлер методикасы кафедрасының үлкен оқытыўшысы Т.Ганиев Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-июньдеги «Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлери хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында, Методикалық хызмет көрсетиў бөлиминиң методисти Ж.Утепбергенов ҳәм Р.Акимниязова Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2024-жыл 7-августтағы «Улыўма орта билимлендириў мәкемелери муғалимлери ушын «Кәсиплик раўажланыў күни» ҳәм «Кәсиплик раўажланыў сааты» илажларын басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққында»ғы арнаўлы буйрығы, онда белгиленген ўазыйпалар ҳаққында түсиниклер берди.

– Бул қарар мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлериниң баслығы, педагог ҳәм қәнигелерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасы нәтийжелилигин тәмийинлеў, олардың кәсиплик билим, көнликпелерин ҳәм шеберлигин үзликсиз арттырып барыў, Президент мектеплеринде топланған алдынғы тәжирийбелерди улыўма орта билим бериў мәкемелерине кеңнен қолланыў  мақсетинде қабыл етилген,-дейди орайдың баспасөз хаткери З.Жаксымуратова.

Қарарға муўапық педагогикалық шеберлик орайында мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлериниң хызметкерлери ушын бес жылда бир мәрте жумыстан бөлинбеген ҳалда өткерилетуғын билимлерди жетилистириў курслары енгизилди. Бунда баслық кадрлар ушын билимлерди жетилистириў курслары менеджерлик оқыў курслары ушын енгизилген тәртип тийкарында, педагог ҳәм қәниге кадрлар ушын – вариатив (қәлеген таңлаў) ҳәм инвариант (мәжбүрий) модульлерден ибарат болған ҳәм оларда заманагөй компетенцияларды қәлиплестириўге бағдарланған тәлим бағдарламалары бойынша шөлкемлестириледи.

Билимлерди жетилистириў курсларында тәлим алып атырған тыңлаўшылар билимин баҳалаў процесслериниң педагог кадрларға илимий тәжирийбе категориясын бериў ҳәм оларды кәсиплик сертификатлаў системалары менен тығыз байланыслылығы тәмийинленеди. Билимлерди жетилистириў курслары аралығында хызметкерлердиң өз-ара тәжирийбе алмасыўы ҳәм өзин-өзи еркин раўажландырыўға тийкарланған үзликсиз кәсиплик раўажландырыў формалары шөлкемлестириледи. Билимлерди жетилистириў системасы нәтийжелерин баҳалаўдың жаңа тәртиби енгизиледи және оның шеңберинде мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи шөлкемлери хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылады.

Қатнасыўшылар жаңа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде қабыл етилген өзгерислер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги