Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ўәлаяты Зангиата  районындағы “Technologies of real time” Өзбекстан –Сингапур биргеликтеги кәрхананың жумысы менен танысты.

Автомобиль қурылысы мәмлекетимиз санаатында ири тармақ. Соңғы жылларда автомобиль ислеп шығарыў дерлик 3 есеге көбейип, усы жылдың ақырында 460 мың данаға жетиўи күтилмекте. 2030- жылға шекем бул көрсеткишти 1 миллионға жеткериў режелестирилген.

Тараўда монополияны жок етиў ҳәм бәсекини раўажландырыў мақсетинде 2 жаңа жеке меншик  кәрхана ҳәм арнаўлы сырт ел брендлери кеңнен тартылды. Улыўма, бүгин 20 дан аслам заводта онлаған түрдеги автомобильлер, жүк ҳәм жолаўшы тасыўшы транспортлар ислеп шығарылмақта.

Сол себепли тармақта аўысық бөлеклерге де талап көп. Бул бағдарда 300 ден аслам кәрхана пүткил кооперацияға тутасқан. Зангиатадағы “Technologies of real time” усылардан бири болып есапланады.

Президент 2019-жылы “Өзэкспоорай” да болып өткен халықаралық санаат ярмаркасында усы кәрхананың өнимлери менен танысып, керекли көрсетпелер берген еди. Усы тийкарда модернизациялаў жумыслары әмелге асырылды. Кәрханадағы 12 цехқа Қытай, Россия, Корея Республикасы, Япония ҳәм АҚШтан келтирилген үскенелер орнатылды. Бүгинги күнде 118 түрли маркадағы автомобильлердиң жүриў, трансмиссия ҳәм басқарыў системалары ушын 750 ден аслам түрдеги аўысық бөлеклер ислеп шығарылмақта.

-Көп деталлар локализацияланғаны ҳәзирше мақул.  Қәнигелер зор болса, сапа да, экспорт да артады,-деди Президент.

Соннан келип шығып, жуўапкерлерге кәрханада аўысық бөлеклер қатарын кеңейтиў бойынша тапсырма берилди.

Өнимлер буйыртпа тийкарында Өзбекстан бойлап жеткерип бериледи. Атап айтқанда, «Өзавто моторс»тың Хорезм ўәлаятындағы заводында «Дамас»ҳәм «Лабо» автомобильлери ушын 773 мың дана аўысық бөлеклер жеткерип берилген.

Товарларды техникалық тексериў ҳәм сынақлардан өткериў ушын заманагөй лаборатория шөлкемлестирилген. Кәрхана өнимлери IATF 16949:2016, ISO 9001:2015, ISO 45001:2020 ҳәм «Женерал Моторс»тың BIOS халықаралық сапа сертификатларына ийе. Сол себепли оларға сырт елде де талап бар. Атап айтқанда, өткен жылы Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Россия, Украина, Бирлескен Араб Әмирликлерине 3 миллион долларлық аўысық бөлеклер жеткерип берилген. Усы жылдың тоғыз ай ишинде 2 миллион доллардан аслам өним экспорт етилген.

Сондай-ақ, кәрхана Германия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қытай ҳәм Россияда болып өтетуғын халықаралық көргизбелерде қатнасып келмекте.

Кәрханада 220 жумыс орны жаратылған. Хызметкерлер усы жердеги курсларда оқытылып, соң жумысқа қабыл етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы заводтағы өндирис процеси менен танысты, қәнигелер менен сөйлести. Кәрхана шоурумында таяр өнимлердиң үлгилерин көзден өткерди.


Усы жерде келешектеги режелер ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, 2025-жылда 1, 15 миллион долларлық инвестиция жойбары әмелге асырылады. Нәтийжеде BYD, Chery, Changan, Geely avto, Dongfeng сыяқлы жаңа автомобиль брендлери ушын аўысық бөлеклер ислеп шығарыў өзлестириледи.

Жойбар нәтийжесинде 43 жаңа жумыс орны жаратылады, өндирис қуўатлықлары, 180 мыңнан 280 мың данаға жеткериледи.

ӨзА