Еллиққала районы орайында саўда комплекси пайдаланыўға тапсырылды. Усы мүнәсибет пенен болып өткен илажда сектор басшылары, экономикалық комплекс, исбилерменлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Бул комплекс исбилермен Умрбек Нуримбетов басшылығындағы “ERIZON MALL” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен өзиниң қаржысы есабынан қурылды. Итибарлы тәрепи сонда, бул жердеги өнимлер халыққа арзан баҳаларда бериледи.
Илажда атап өткениндей, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде көплеген жеңилликлер берилмекте. Әсиресе Қарақалпақстан Республикасы исбилерменлик субъектлери ушын оннан аслам пәрман ҳәм қарардың қабыл етилиўи ҳәм усы жыл 20-август күни исбилерменлер менен ушырасыўдың Нөкис қаласында өткерилиўи усының айқын мысалы екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, районда соңғы 3 ай даўамында 60 тан аслам хызмет көрсетиў, санаат, саўда шақапшалары сыяқлы исбилерменлик субъекти иске қосылып, жаңадан 800 ден аслам жумыс орны шөлкемлестирилди.
-Жаңа саўда комплекси район орайының және де көркем ҳәм пайызлы көринисине үлес қосқанынан миннетдармыз, -дейди биз бенен сәўбетте болған исбилермен У. Нуримбетов.- Комплекс жумыс баслағанлы берли бул жерде 30 ға шамалас жергиликли жаслар турақлы жумыс пенен тәмийинленди.
Бул заманагөй саўда комплексиниң қурылыўы тек ғана жумыс орынларының жаратылыўы емес, ал халық ушын барлық түрдеги сапалы өнимлерди арзан баҳаларда сатыў ҳәм нәтийжели хызмет көрсетиўге қаратылған.
Д. Абибуллаев.
Қарақалпақстан хабар агентлиги