Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Глобал жасыл өсиў институты (GGGI) менен биргеликте Кегейли хәм Шымбай районларында суўды үнемлеўши технологияларды әмелге енгизиў мәселелерине бағышланған көргизбели-семинар шөлкемлестирилди.
Global Green Growth Institute – Қубла Кореяның Сеул қаласында жайласқан халықаралық шөлкем болып есапланады. Бул шөлкем 2012-жылдың 20-июнь сәнесинде Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында турақлы раўажланыў бойынша БМШ конференциясында шөлкемлестирилген болып, оның Өзбекстандағы филиалы 2021-жылда ашылған ҳәм сол ўақыттан берли сезилерли дәрежеде жақсы нәтийжелерге ериспекте.
Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Қосназаров ҳәм Глобал жасыл өсиў институтының (GGGI) Өзбекстандағы ўәкили Аарон Рассел, проект менеджери Oyunchimeg Amartuvshin ҳәм басқа да ўәкиллер, район басшылары, сектор басшылары, аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими баслықлары, суўды үнемлеўши технологияларды қурыўшы ҳәм оның аўысық бөлеклерин ислеп шығарыўшы кәрхана ўәкиллери, фермерлер ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
Көргизбели семинарды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – GGGI тәрепинен фермер хожалықларына субсидия тийкарында берилген тамшылатып суўғарыў ҳәм бийдай егилген жерлерди жаўынлатып суўғарыў үскенелери менен жақыннан таныстырыўдан ибарат.
Илажда қатнасыўшылар дәслеп, Кегейли районында жайласқан “Агроимпекс” фермер хожалығына тийисли жер майданында болып, ол жерде климатқа шыдамлы агробизнес модели, жаратылған имканиятлар, тамшылатып суўғарыў системасы менен жақыннан танысты.
Суўды үнемлеўши технологияларды әмелге енгизиў бойынша шөлкемлестирилген бул семинарда жаңа технологияларды орнатыў бойынша тараў хызметкерлери тәрепинен кең түрде түсиниклер берилди.
Буннан соң қатнасыўшылар Шымбай районында жайласқан “Жүзбасы” фермер хожалығына барды. Президентимиздиң Қарақалпақстанда аграр ҳәм суў хожалығы тараўын жетилистириўге қаратып атырған итибары хәм бул бағдарда қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар тек ғана суўшы ямаса фермерлер ушын емес, ал пүткил Қарақалпақстан халқына көрсетилип атырған ғамқорлығы екенлиги илажда айрықша атап өтилди.
Өз гезегинде жаратылып атырған имканиятлардан утымлы пайдаланған ҳалда белгиленген ўазыйпаларды шын кеўилден орынлаў ушын ҳәр бир күн ҳәм сааттан утымлы пайдаланыў зәрүр.
GGGI тәрепинен 2024-жылда суўды үнемлеўши технологияларды әмелге енгизиў бойынша режелер үлкен ҳәм жумыстың көлеми де соған жараса көлемли. Илажда фермер хожалығы басшыларына суўды үнемлеўши технология ҳәм үскенелер таныстырылды. Олардың абзаллығы, сапалы ислеўи ҳәм фермерлер ушын әҳмийетли тәреплери атап өтилди.
Илажда усындай көргизбели семинарлар турақлы түрде шөлкемлестирилиўи бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырган сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери