Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Қазақстан энергетика ҳәм суў хожалықлары министрлериниң гезектеги жумысшы ушырасыўы өткерилди.
Энергетика министрлигинде болып өткен усы ушырасыўда Әзербайжан энергетика министриниң орынбасары мийман сыпатында қатнасты.
Онда мәмлекетлердеги суў-энергетика системасының гүзги-қысқы мәўсимде турақлы ислеўин тәмийинлеў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, тармақлар жумыс режимлериниң графиклери келисилди.
Министрлик мәлимлеме хызметиниң билдириўинше, бул сөйлесиўде биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар, атап айтқанда, «Қамбарата ГЭС-1» қурылысы жойбарының ҳәзирги жағдайы ҳәм суў-энергетика балансын муўапықластырыў мәселелери көрип шығылды.
Соның менен бирге, ушырасыўда Қытайдың «СЕЕС» компаниясының ўәкиллери менен Қырғыз Республикасының Жалалабад ўәлаятында «Чотқол» ГЭС қурылысы бойынша өткерилген дәслепки үйрениўлер ҳәм келеси режелер ҳаққында да сөз болды.
Ушырасыў соңында тәреплер арасында турақлы жумысшы топар мәжилислерин өткерип турыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»на қол қойыў усыныс етилип, тийисли ҳүжжетлерге қол қойылды.
Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА