Соңғы жыллары тараўға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлық дийқанларымыз бенен фермерлеримизге, аўыл халқына айрықша күш жигер бағышламақта. Соның нәтийжесинде аўыл хожалығы егинлеринен мол зүрәәт жетистирилип келинбекте.
Қарақалпақстан Республикасы районларында 2025-жылдың зүрәәти ушын 53 мың гектар майданға гүзлик бийдай егилиўи режелестирилген.
– Усы жылдың гүз айларында егилетуғын келеси жыл өним ушын тәжирийбели дийқан ҳәм илимпаз-агрономларымыздың усынысларынан келип шығып шорға ҳәм суўыққа шыдамлы сортлар таңлап алынды,-дейди Аўыл хожалығы министрлигиниң баспасөз хаткери К.Дарманов.
Атап айтқанда, «алексейиш» сортынан 6 мың, «антонино» сортынан 7 мың, «дружба» сортынан 3 мың, «зимница» сортынан 540, «гурт» сортынан 658, «гром» сортынан 1268 гектар жерге ҳәм басқа суўыққа шыдамлы сортлар жайластырыў нәзерде тутылған.
Быйылғы егис мәўсимин жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде 166 егиў отрядына 129 егиў сеялкасы, 208 қатар арасына егиў үскенеси, 172 минерал төгин сепкиш ҳәм 483 трактор бириктирилди.
Соның менен бирге, ғәлле егилетуғын ашық майданларда суўдың жумсалыўын сезилерли дәрежеде азайтыў ҳәм нәллерди бир тегис өндирип алыў мақсетинде әмелдеги 256 лазерли жер тегислегиш жәрдеминде бүгинги күнде ғәлле егилетуғын майданда тегислеў жумыслары толық алып барылды.
Гүзги бийдай егиў жумыслары қызғын даўам етпекте.
Х.Турсынғалиева, А.Нуратдинова,
ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги