Пахта жыйын-терими мапазында Қараөзек районында Жаслар ислери агентлиги тǝрепинен пидайы ҳǝм волонтёр жаслар арасында «Жаслар қырманы» атлы беллесиў болып өтти.

Беллесиў 6 күн даўамында болып, онда жеңимпазлар анықланды ҳәм қызлар арасында I орынды 1 тонна 300 кг пахта терген Жүзимгүл Еримбетова, II орынды 948 кг пахта терген Юлдуз Нурмуратова ҳәм III орынды 851 кг пахта терген Гүлнара Абдуллаева ийелеўге миясар болды.

Районның пахта қырманына өзлериниң салмақлы үлеслерин қосқан бул жасларға район ҳәкимлигиниң қымбат баҳалы саўғалары тапсырылды.

Сондай-ақ, 300 кг нан 700 килограмға шекемги терген жаслар да район ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиниң миннетдаршылық хаты ҳәм баҳалы саўғалары  менен хошаметленди.

Ал, ерлер арасында 689 кг пахта терген Баҳадыр Төрешов I орынды, 596 кг пахта тапсырған Аллабай Шманов II орынды ҳәм 519 кг нәтийжеге ерискен Қдырнияз Абдихаликов 519 кг пахта терип, район ҳәкимлигиниң диплом ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

Сыйлықлаў мәресиминде пахта қырманын байытыўға өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып атырған пидайы жасларға район ҳәкими А. Баймуратов өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирип, олардың алдағы ислерине табыслар тиледи.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Қараөзек районы жаслары тәрепинен 6-13-октябрь күнлери  даўамында пахта қырманына 20 тоннадан аслам өним тапсырылды.

Илажда районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен теримши жасларға йошлы концерт бағдарламасы қойып берилип, олар аяқ-ойынға түсип кеўилли дем алды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы