«Қәбилетли жаслар менен ислесиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги жанында мәмлекетлик мәкеме түринде Пән олимпиадалары орайы (Орай) шөлкемлестириледи.

Қәбилетли ҳәм пәнлерди терең үйрениўге қызығатуғын жасларды анықлаў ҳәм селекциялаў, олардағы қәбилетти және де раўажландырыў ушын зәрүр шараятлар  жаратыў Орайдың тийкарғы жумыс бағдарларынан бири етип белгиленди.

2025-жылдан Орай тәрепинен:

– 5-8-класс оқыўшылары арасында олимпиадаларда жоқары нәтийжелерди көрсеткен қәбилетли оқыўшылар базасы қәлиплестириледи ҳәм оларды халықаралық олимпиадаларға мақсетли таярлаў жолға қойылады;

– ҳәр бир пән бағдары бойынша оқыў бағдарламалары, әдебиятлар, методикалық усыныслар, қолланбалар ҳәм журналлар жаратылып барылады;

– оқыўшыларды пән олимпиадаларына таярлаўшы тренер-оқытыўшылардың үзликсиз кәсиплик раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылады, оларға жаңа методикалар үйретип барылады;

– пән олимпиадалары бойынша миллий сайланды командалардың сырт еллер сайланды командалары менен биргеликте жыйынлар өткериў әмелияты жолға қойылады;

– оқыўшылар ушын халықаралық олимпиадаларда руўхый басымды жеңиў бойынша семинарлар ҳәм мотивациялық тренинглер шөлкемлестириледи;

– қәбилетли жаслар ушын «интеллектуаллық дем алыў орайлары» шөлкемлестириледи.

Қарарға бола, 2025-жыл 1-январьдан:

– абырайлы халықаралық олимпиадаларда қатнасатуғын сайланды командалардың басшыларын команданың нәтийжесине қарап хошаметлеў тәртиби енгизиледи;

– тийкарғы пән олимпиадаларының аймақлық ҳәм республикалық басқышларында ҳәм халықаралық олимпиадаларда жеңимпазлықты қолға киргизген оқыўшылар, олардың оқытыўшылары ҳәм сайланды командалар басшыларына төленетуғын ақшалай сыйлықлар ҳәм берилетуғын саўғалар дәрамат салығынан азат етиледи.

2025-жыл 1-декабрьге шекем:

– халықаралық ҳәм жергиликли пән олимпиадалары нәтийжелериниң турақлы статистикасын жүргизиў, онлайн пән олимпиадаларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, олимпиадаларда қатнасыўшылардың мағлыўматлар базасын қәлиплестириў имканиятын бериўши электрон платформа жаратылады;

– Өзбекстанда өткерилетуғын уллы илимпазлардың аты менен аталатуғын халықаралық пән олимпиадалары ҳаққындағы мағлыўматлар жайластырылатуғын, жергиликли ҳәм сырт ел оқыўшыларының усы олимпиадаларда қатнасыў ушын дизимнен өтиўин тәмийинлейтуғын арнаўлы сайт иске қосылады.

ӨзА