5-11-октябр күнлери Нөкис қаласы Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебинде спорттың гандбол түринен ерлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан кубоги болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасының барлық аймақларынан  командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып барды.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, республикамыз командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, Өзбекстан кубогиниң жеңимпазына айланды.

Атап айтқанда, жарыста қызлар арасында, биринши орынды Қарақалпақстан Республикасы гандболшылары, екинши орынды Алмалық кән металлургия комбинаты командасы ҳәм үшинши орынды самарқандлы спортшылар ийелеўге миясар болды.

Ал, ерлер арасындағы жарыста болса, биринши орынды Қарақалпақстан Республикасы командасы, екинши орынды Алмалық кән металлургия комбинаты жигитлери ҳәм сыйлы үшинши орынды Хорезм ўәлаяты командасы ийеледи.

Жарыс жуўмағында, жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы