Бердақ атындағы ҚМУ да Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери, Өзбекстанға хызмет көрсеткен муғаллим, Қарақалпақстанда география илими баслаўшыларынан бири, белгили жәмийетлик искер Жолдас Матмуратовтың туўылғанына 90 жыл толыўы мүнәсибети менен «Арал теңизи бассейнинде глобал климат өзгерислери шараятында халық хожалығы тараўларын раўажландырыў перспективалары» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Т.Атамуратов, республикамыздың түрли илимий оқыў орынларынан, сырт елден илимпазлар, устаздың жақынлары ҳәм шәкиртлери, студент-жаслар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Конференцияны Бердақ атындағы ҚМУ ректоры А.Реймов ашты  ҳәм басқарып барды. Ол өз сөзинде Жолдас Матмуратовтың өмири даўамында көп ғана ийгиликли ислерге бас болып, халқымызға пидайы хызмет еткенлиги,  мийнет сүйгишлиги ҳәм  жоқары дәрежедеги билими арқалы үлкен жетискенликлерге ерискенлигин атап өтти. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жылларға белгиленген жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында» ғы пәрманында климат өзгерислери ақыбетлерин сапластырыўға  үлкен итибар қаратылып атырғанлығы, соның менен бирге, Ҳүрметли Президентимиздиң Аралбойы ҳәм Қарақалпақстан  Республикасы халқы ҳәм халық хожалығының аўыр экологиялық шараятта қолайсыз климат өзгериси ҳәм ақыбетлерин итибарға алып регионның қоршаған орталығының  жағдайын жақсылаў, экономикасын раўажландырыў бойынша көрсетпелери тийкарында илажлар әмелге асырылып атырғанлығын айтып өтти.



  

Конференцияда илимпаздың шәкиртлери, илимпазлар шығып сөйлеп устаздың илимге қосқан үлеси, мийнетлери ҳәм үлги боларлық жақсы пазыйлетлерин  еске түсирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги