Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-октябрь күни Ашхабад қаласында түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пырағый туўылғанының 300 жыллығына бағышланған «Заман ҳәм цивилизациялардың өз-ара байланыслылығы – тынышлық ҳәм раўажланыў тийкары» темасындағы форумда қатнасты.

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың басшылығында өткен илажда Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён, Пакистан Ислам Республикасы Президенти Осиф Али Зардарий, Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух, Армения Республикасы Президенти Ваагн Хачатурян, сырт еллердиң парламентлери басшылары ҳәм жоқары мәртебели ўәкиллери, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң баслықлары қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде форумның өткерилиўи халықларымыз арасындағы дослық ҳәм тилеклеслик байланысларын беккемлеў, мәмлекетлеримизди бир-бирине және де жақынластырыў, бай руўхый мийрасымызды пүткил дүньяға үгит-нәсиятлаў жолында үлкен әмелий қәдем болатуғынын атап өтти.

Мақтымқулы Пырағыйдың дөретиўшилик мийрасы тек ғана Шығыс классикалық поэзиясын емес, ал жәҳән әдебиятын да байытқанлығы атап өтилди.


Өзбекстанда Мақтымқулы дөретиўшилиги жоқары қәдирленеди. Шайыр Хийўа қаласындағы Шерғазыхан медресесинде оқып, дүньялық ҳәм диний илимлерди үйренген. Ол уллы өзбек шайыры ҳәм ойшылы Әлийшер Наўайыны терең ҳүрмет еткен.

Усы жылы Өзбекстанда Мақтымқулы Пырағый туўылғанының 300 жыллығы кеңнен белгиленип атырғаны атап өтилди. Әнжуман, семинар, әдебий кеше, таңлаў, спектакльлер ҳәм басқа да илажлар өткерилмекте. Өзбек ҳәм түркмен кинодөретиўшилери тәрепинен шайыр ҳаққында биргеликте көркем фильм сүўретке алынды.


Өзбекстан жетекшиси Түркменстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен жәрияланған «Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы» шеңберинде келеси жылы Ашхабад қаласында глобал саммит өткерилиўин қоллап-қуўатлады.

Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов Өзбекстан Президентине мазмунлы шығып сөйлегени ҳәм Мақтымқулы Пырағый естелигин мәңгилестириў бойынша елимизде әмелге асырылып атырған илажлар ушын миннетдаршылық билдирип, мәмлекетимиз басшысы түркмен шайыры ҳәм ойшылы туўылғанының 300 жыллығы мүнәсибети менен медаль менен сыйлықланатуғынын мәлим етти.

Илаж соңында форумның жуўмақлаўшы ҳүжжети қабыл етилди.

ӨзА