Париж қаласындағы мәмлекетимиз елшиханасында Өзбекстанның болажақ парламенти сайлаўларына бағышланған дөгерек сәўбети өткерилди. Франция парламенти, экспертлер, академиялық топарлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан бул халықаралық илажда «Раўажланыў стратегиясы» орайының атқарыўшы директоры Элдор Таляков қатнасты.
Бул дөгерек сәўбети Олий Мажлис Нызамшылық палатасы спикериниң биринши орынбасары, Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайы директоры Акмал Саидов басшылығындағы Өзбекстан делегациясының Францияға сапары шеңберинде шөлкемлестирилди, делинеди «Раўажланыў стратегиясы» орайының мағлыўматында.
Сөйлесиў процесинде 2017-жылдан берли Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети франциялы бирге ислесиўшилердиң итибарына усынылды. Сондай-ақ, қатнасыўшыларға «Раўажланыў стратегиясы» орайы тәрепинен таярланған «Uzbekistan’s Political Reforms and Elections – 2024» қолланбасы усыныс етилип, сырт ел экспертлери мәмлекетимизде әмелге асырылған соңғы реформалар, олардың көлеми ҳәм сайлаў процесслерине байланыслы жаңалықлар ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болды.
Өзбекстан делегациясы ағзалары өзиниң шығып сөйлеўлеринде мәмлекетимизде инсанның тийкарғы ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында ерисилип атырған жетискенликлер, сайлаўалды үгит-нәсиятлаў шеңберинде әмелге асырылып атырған таярлық жумыслары ҳаққында айтып берди.
Атап айтқанда, болажақ парламент сайлаўы Өзбекстанның жаңаланған Конституциясы тийкарында ҳәм сайлаў нызамшылығына киргизилген соңғы өзгерислерге муўапық өткерилип атырғаны атап өтилди.
Франция ўәкиллери өз гезегинде Өзбекстанның заманагөй раўажланыўы, көп тәреплемели өзбек-француз бирге ислесиўиниң ҳәр қыйлы өзгешеликлерине тоқтап өтип, мәмлекетимизде болып өтетуғын әҳмийетли сиясий ўақыя бойынша өз пикирлерин билдирди.
Олар тәрепинен соңғы жыллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократиялық реформалар, ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм гендер теңлигин тәмийинлеў бағдарында ерисилип атырған нәтийжелер айрықша атап өтилди.
Соңында франциялы депутатлар парламент сайлаўларында халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасыў ушын Өзбекстанға болажақ сапарға үлкен қызығыўшылық пенен таярлық көрип атырғанын атап өтип, мәмлекетимиз сайлаў процесиндеги жаңалықлар менен және бир мәрте танысыў имканияты ушын миннетдаршылық билдирди.
А.РУСТАМОВ, ӨзА