Әлийшер Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендиясы Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы қарары тийкарында тастыйықланып, ол илим ҳәм билимлендириў тараўында үлкен жетискенликлерге ерискен студент-жасларға бериледи. Усы стипендия талантлы ҳәм белсенди студентлерди материаллық жақтан  қоллап-қуўатлаў ҳәм  олардың билим дәрежесин және де раўажландырыў мақсетинде енгизилген болып, стипендия тийкарынан жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат ҳәм магистратура басқышларында билим алып атырған студентлер ушын белгиленген.

Усы стипендия ийелери арасында Бердақ атындағы ҚМУ дың қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факултетиниң магистратурасында  билим алып атырған Несийбели Балтаниязова да бар. Пайтахтымыз Нөкис қаласында туўылып өскен Несийбели мектепте оқып жүрген оқыўшылық дәўирлеринен баслап журналист болыўға қызығады. Мектептеги ҳәр қыйлы байрам илажларын шөлкемлестириў, баслаўшылық етиў арқалы журналистикаға кирип келген ол әсиресе, радиожурналистикаға қызығады. Үйинде радиодан еситкен ҳәр бир журналисттиң жағымлы ҳаўазы оған унамлы тәсир көрсетип, келешекте өзиниң ҳаўазы да жаңлаўын әрман  етеди. Көплеген кәсип түрлерине қызықса да оның журналистикаға деген қызығыўшылығы бәринен үстин келди. Қыз бала ушын аўыр ҳәм қыйыншылықларға толы кәсип деп есаплаған оның ата-анасы  бул таңлаўына қарсы шықса да ол усы қәнигеликке оқыўға тапсырады ҳәм өзиниң дөретиўшилик жумысын даўам еттиреди.

Несийбели мектепте оқып жүрген гезлеринен баслап-ақ, мақала жазыўға қызығып республикалық балалар ҳәм жас өспиримлер газетасы болған «Жеткиншек» те жәрияланған дәслепки мақалалары оған руўхый күш берип және де жақсы мақалалар  жазыўға ийтермелейди.

Ол өзи билим алып атырған журналистика қәнигелиги бойынша жасларға тәлим-тәрбия берип атырған устазлары қатарында З. Оразымбетовадан көплеген нәрселерди үйренди. Әсиресе, медия тили ҳәм методикасы пәнине болған қызығыўшылығы оған оқытыўшысы  менен биргеликте илимий мақалалар жазыўға түртки болды. Журналистика тараўындағы мийнетлери ҳәм илимий изленислери оған университетте стипендия ийеси болыўға ҳәм көплеген жетискенликлерге ерисиўине жәрдем берди.

2021-жылы «Замин» семинарына қатнасып, өзиниң биринши китабын баспадан шығарыўға миясар болды. Оның бул табысы өмириндеги үлкен қуўанышлардың бири болды.

Ҳәзирги ўақытта магистратурада билим алып атырған Несийбели Балтаниязова доктарантурада оқыўын даўам еттириўди режелестирмекте. Оның журналистика жанрларына әсиресе, көркем журналистика жанрына қызығыўшылығы басым болып,  бул жанр арқалы өзиниң дөретиўшилик шеберлигин  жүзеге шығарыўға миясар болады. Өзиниң билим ҳәм изленислери менен журналистикада өз орнын таўып, келешекте жаңа табысларға ерисиўге талпынып атырған заманласымызға бәрқулла әўмет яр болыўын тилеймиз.

Камила Мадаминова, Бердақ атындағы ҚМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң  4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги