Бүгин Нөкис қаласындағы IT-парк имаратында Қытай мәмлекетиниң «One Cloud China Tech» IT компаниясының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жаңа компанияның ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларды санластырыўға ҳәм бул жумысларға жасларды кеңнен тартыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда бурын болмаған имканиятлар жаратылып, өз гезегинде бул әмелий илажлар IT тараўын раўажландырыўға беккем тийкар болып хызмет етпекте.
Жаңадан жумыс баслап атырған «One Cloud China Tech» IT компаниясының ашылыўы ҳәм қытай, инглис тиллери, IT оқыў курсларының шөлкемлестирилиўи тараўға қызығыўшы жаслардың тәжирийбели қәнигелерден билим алып, өз кәсибиниң маманы болып жетилисиўинде әҳмийетли орын ийелейди.
Илаж даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы компания жумыслары менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги