«Өзбекстан темир жоллары» компаниясы туризм айлығы шеңберинде кекселердиң ишки жөнелислерде билет сатып алыўы ушын шегирмелер жәриялады. 1-30-ноябрь күнлери даўамында 55 жастан асқан ҳаял-қызлар ҳәм 60 жастан асқан ер адамларға барлық жергиликли жөнелислер бойынша 20 процент шегирме бериледи.
Компаниядан мәлим етиўинше, бул акция «Afrosiyob» тез жүретуғын поездларға әмел етпейди.
Билетлерди «Өзтемиржолжолаўшы» компаниясының кассаларынан шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт ямаса ID-карта)ти усынған ҳалда сатып алыў мүмкин.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 28-майдағы «Кекселерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына бола, ҳәр жылы ноябрь айында кекселер ушын туризм айлығы болып өтеди.
Айлық шеңберинде кекселер ҳәм майыпларды қоллап-қуўатлаў, олардың бос ўақытын мазмунлы өткериў мақсетинде ҳәр қыйлы жойбарлар әмелге асырылып, елимиздиң дыққатқа ылайық зыярат орынларына саяхатлар шөлкемлестириледи.
Роман БОНДАРЧУК таярлады, ӨзА