Көпшиликтиң хабары болғанындай, ҳәзирги күнлери Өзбекстан Республикаси Олий Мажлиси Нызамшылық палатаси ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатларын сайлаўға таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша жумыслар қызғын алып барылмақта.
Атап айтқанда, сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа усынылған талабанлардың өз сайлаўшылары менен сайлаўалды ушырасыўлары өткерилмекте.
Шымбай районындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратында Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына 59-санлы «Қамыс-арық» сайлаў округинан көрсетилген талабан Еркинбай Серимбетовтың аймақ турғынлары менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда быйылгы сайлаўлардағы жүз берип атырған өзгерислер, Өзбекстан Халық демократиялық партиясының алдағы 5 жылға мөлшерленген баслы мақсет ҳәм ўазыйпалары хаққында кең түрде түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, ушырасыўда депутатлыққа талабанның өмири ҳәм сайлаўалды платформасы хаққында оның исенимли ўәкили ҳәм өзи кең түрде айтып берип, сайлаўшылар тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы