Дэвид Бейкер, Дэмис Хассабис ҳәм Жон Жампер 2024-жылы химия бойынша Нобель сыйлығы ийелери болды. Бул ҳаққында «Reuters» хабар бермекте.
«Химия бойынша 2024-жылы Нобель сыйлығы белокларға, өмирдиң химиялық қуралларына арналған. Дэвид Бейкер дерлик имкансыз жумыста табысқа еристи — белоклардың пүткиллей жаңа түрлерин жаратты. Дэмис Хассабис ҳәм Жон Жампер 50 жыллық машқала, жаңа қурамалы белок структураларын болжаўды шешиў ушын жасалма интеллект моделин ислеп шықты. Бул ашылыўлар үлкен потенциалға ийе», — делинеди хабарда.
Мәлим болыўынша, сыйлық пулы тең үшке бөлинбейди. Дэвид Бейкер протеин дизайнине қосқан үлеси ушын сыйлықтың ярымын алды. Сыйлықтың қалған ярымын Дэмис Хассабис ҳәм Жон Жамперге белок дүзилисин анықлағаны ушын бериледи.
Басқа тараўлар сыяқлы Химия бойынша Нобель сыйлығы ийелери де улыўма 11 миллион швед кроны, шама менен 1,1 миллион АҚШ долларын қолға киргизген.
Дэвид Бейкер Вашингтон университети профессоры болып, есаплаў биологиясы тараўындағы жумысы менен танылған. Оның инновациялық изертлеўлери илимпазларға кеселликлерге қарсы гүресиўде жәрдем беретуғын жаңа белокларды ислеп шығыў имканиятын берди. Бейкердиң жеңислери изертлеўшилердиң белокларын түсиниў ҳәм манипуляциялаў усылларын өзгертти.
Дэмис Хассабис ҳәм Жон Жампер екеўи де жасалма интеллект тараўында жетекшилер. Хассабис қурамалы машқалаларды шешиў ушын жасалма интеллекттен пайдаланатуғын «Deepmind» компаниясының бас директоры, Жон Жампер болса белок структураларын болжайтуғын революциялық AI системасын «AlphaFold»ны ислеп шығыўдағы роли менен танылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги