Қолда терилген пахтаның ҳәр бир килограмми ушын 2500 сумнан ҳақы төленеди. Бул ҳаққында Аўыл хожалығы министрлиги хабар берди.

Атап өтилиўинше, бүгинги күнге шекем коммерциалық банклер тәрепинен (қол терими ушын) 1500 сумнан кредит қәрежетлери ажыратылып, теримшилерге усы муғдардағы сумма ҳәр бир килограмм ушын берип келинген. Бул өз гезегинде бир қанша қыйыншылық туўдырып, теримшилерди мәўсимлик жумысқа шақырыў процесслеринде қолайсызлық жағдайды келтирип шығарып атырған еди.

«Бул жағдайларды ҳәр тәреплеме есаплап ҳәм оннан кейин теримшилерди материаллық хошаметлеўди және де күшейтиў мақсетинде бүгиннен баслап, республикамыздағы барлық аймақлардағы теримшилерге пахта териў баҳасы (қол терими ушын) ҳәр бир килограмм ушын 2500 сум етип белгилеў атап өтилди», делинеди министрлик хабарында.

Онда усы қәрежеттиң 2000 сумы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры есабынан, 500 сумы кластер есабынан ажратылып, атыздың өзинде теримшилерге тарқатылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги