Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында Беруний районында ушырасыў болып өтти. Онда Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районларындағы исбилерменлер, усы район ҳәкимлери ҳәм жуўапкер болған министрлик, мәкеме басшылары қатнасты.
Атап өтилгениндей, исбилерменлер бүгинги күнде экономикамыздың раўажланыўына салмақлы үлес қосыў менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыўда да әҳмийетли болып есапланады. Олардың жумысларын қоллап-қуўатлаўда тиккелей жақыннан пикирлесиў арқалы машқалаларына шешим табыў бүгинги күнниң талабы екенлигин айрықша айтыўымыз керек.
Ушырасыўда жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.
Ушырасыўда айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша жақыннан пикирлесилди.
Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап келген машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлер қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги