Президент Шавкат Мирзиёев 9-октябрь күни Бухара халықаралық аэропортының қурылысына байланыслы презентация менен танысты.
Мәмлекетимизде аэропортларды модернизациялаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Быйылғы жылдың өзинде Шаҳрисабз, Қоқанд ҳәм Замин аэропортлары иске қосылды, Наманган ҳәм Әндижанда болса модернизация басланды.
Аэропортларды басқарыўға жеке меншик сектор тартылып атырғаны да өз нәтийжесин бермекте. Атап айтқанда, Самарқанд халықаралық аэропорты жеке меншик басқарыўға берилип, модернизацияланғаннан соң пәрўазлар ҳәм жолаўшылардың саны 5 есеге артқан.
Усындай потенциал Бухарада да бар. Бирақ ол жердеги аэропорт халық ҳәм туристлер талабына жуўап бермей атыр. Бул аэропорт саатына тек ғана 400 ямаса жылына 1 миллион жолаўшыға хызмет көрсете алады. Бул – талапқа салыстырғанда жүдә төмен.
Пәрўазларды басқарыў ҳәм жолаўшыларға хызмет көрсетиў системалары, күтиў-шығарып салыў залларының гөнергени қатнаўларды көбейтиў имканиятын шеклемекте. Айырым туристлер Бухараға барыў ушын Ташкент, Самарқанд ямаса Үргенш аэропортларына қоныўға мәжбүр болмақта. Мәселен, 9 айда Бухараға барған 1 миллионнан аслам сырт ел туристлериниң 95 проценти поезд ямаса автомобильде барған.
Ўәлаятта мийманханалар тармағы, зыярат туризми раўажланып бармақта. Келеси үш жылда Бухараға туристлер ағымын 8 миллионға жеткериў режелестирилген.
Соның ушын быйыл 31-майда Президентимиздиң ўәлаятқа сапары ўақтында Бухара районында жаңа халықаралық аэропорт қурылысы басланған еди. Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы бул жойбар шеңберинде дүнья стандартларына сәйкес аэропорт шөлкемлестириледи. Саатына 1 мың 200 жолаўшыға хызмет көрсетиў имканияты жаратылады. Жолаўшы ҳәм ҳаўа кемелерине сервис сапасын арттырыў арқалы жаңа халықаралық авиакомпаниялар тартылады.
Презентацияда жойбардың техникалық-экономикалық өзгешеликлери ҳаққында мәлимлеме берилди.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа аэропортта өткериўшеңлик қәбилетин 2 есеге арттырып, саатына 8 самолёт келип-кетиўине имканият жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти. Терминалдың қолайлықлары, ишки ҳәм сыртқы көриниси бойынша усыныслар берилди.
ӨзА