Президент Шавкат Мирзиёев 9-октябрь күни Ташкент қаласының бас режеси жойбары менен танысты.

Бүгинги күнде қала аймағы 43 мың 822 гектар, халықтың саны 3 миллионнан аслам. Келешекте бул дәреже және де  артып баратуғыны анық. Сонлықтан Ташкент қаласының 2045-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген бас режеси  жойбарластырылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы дәслепки қолланбалар менен 2022-жылы танысқан еди. Онда берилген көрсетпелер менен усыныслар тийкарында жойбар  жетилистирилди. «Ташкент баспланЛИТИ» кәрханасында Сингапур, Уллы Британия, Түркия, Германия, Қытай ҳәм Нидерландия компаниялары  менен биргеликте пуқта жумыс алып барылды.

Жойбарға бола, Ташкент қаласының аймағы 3 зонаға ажыратылады. Конверсация зонасында мәдений мийрас имаратлары, тарийхий орынлар, турақ жайлар ҳәм жасыл аймақлар өзгериссиз қалады. Реконструкция зонасында мастер-режелер тийкарында қосымша  қурылыслар қурыў мүмкин болады. Реновация зонасында ескирген турақ жай, имаратлардың орнында жаңа қурылыслар ҳәм оңлаў әмелге асырылады.

Бүгинги күнде экология ҳәм транспорт машқалалары әҳмийетли болып бармақта. Атап айтқанда, кейинги он жылда Ташкенттеги ҳаўа температурасы орташа 1 дәрежеге көтерилген. Айырым күнлерде атмосферадағы зыян келтиретуғын затлар  нормадан жоқары болмақта. Автомашиналар да күн сайын көбейип, жол ҳәрекети қыйынласып бармақта.

Сонлықтан  жаңа бас режеде бул мәселелер инабатқа алынған. Соның ишинде, Ташкент қаласы ҳәм оның әтирапындағы жасыл аймақлар 3 есеге көбейтилип, 25 мың гектарға жеткерилиўи белгиленбекте. Бул арқалы халықтың жан басына туўра келетуғын  жасыл майдан 3 квадрат метрден 6 квадрат метрге артады.

Қала қурылысының талабына бола, халық өзиниң жасаў орнынан ең жақын бақша, мектеп, емлеўхана, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерине шекем көби менен 15 минутта жетип бара алыўы керек. Сонлықтан жәмийетлик транспорт тармағы кеңейтилип, кесилиспелер ҳәм бәндиргилер көбейтиледи. Жаңа жоллар қурылып, метробус жөнелислери шөлкемлестириледи.

Соңғы жыллардағы өсиў нәтийжесинде  Ташкентте электр энергиясы, суў ҳәм ақаба инфраструктурасы жүклеме менен ислемекте. Бас реже жойбарында бул қуўатлықларды  арттырыў дәреклери де есап-санақ етилген.

Бас реже тастыйықланғаннан кейин, оның карталары Қалақурылысы кадастры геомәлимлеме системасында ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги веб-сайтында ашық мағлыўмат сыпатында  жайластырылады.

Жуўапкерлер бас режениң усы сыяқлы тийкарғы көрсеткишлери бойынша мәлимлеме  берди.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласын кеминде 7,5 миллион адам жасаўы ҳәм ислеўи ушын қолайлы шараятқа ийе ири мегаполиске айландырыў зәрүр екенлигин  атап өтти. Ташкент ўәлаятының Қыбрай, Зангиата, Жоқарышыршық, Орташыршық ҳәм Ташкент районларын пайтахт пенен теңдей агломерация тийкарында раўажландырыў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА