Қырғызстан Республикасы Экономика ҳәм саўда министрлиги тәрепинен Евроазия экономикалық аўқамына ағза болмаған мәмлекетлерден мәмлекет аймағына сигарета алып кириў, бул өнимди транзит яки реэкспорт етиўди алты ай мүддетке қадаған етиў усыныс етилмекте.
«Kazinform» агентлигиниң хабар бериўинше, ҳүкиметтиң усы мазмундағы тийисли қарары додалаўға қойылған.
2023-жыл даўамында Салық хызмети тәрепинен нызамға қарсы айланыстан 65 231 қуты сигарет мүлк тартып алынған. Сырттан нызамға қарсы кирип келген өнимниң үлеси 17,7 процентти қураған. «Oris», «Mondeo», «Like» ҳәм «Madrid» бренди астында мөрленген қәлбеки сигареталар БAӘ ҳәм Сербияда ислеп шығарылған. Жоқарыдағы брендлер техникалық регламентке муўапық сертификатланбаған.
Экспертлер изертлеўинде Қырғызстан темеки өнимлерин нызамға қайшы айланысқа киргизиў бойынша Орайлық Азияда тийкарғы орын болып қалмақта. Кейинги 4 жыл ишинде бажы алынбайтуғын дүканларда сатылыўы мөлшерленген өнимди жеткерип бериў көлеми 10 еседен көбирек артқан. Бажысыз саўда аймағы ҳәм бажыхана базасындағы айланыс 2023-жылы 300 миллион қутыға жеткен.
Еслетип өтемиз, алдынырақ Қырғызстанда қара мал, қой ешки ҳәм атты үшинши мәмлекетке алып шығыў ушын дизимге алыў ҳәм рухсатнама бериў ўақтынша тоқтатылғаны ҳаққында хабар берилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги