Android ушын арнаўлы үскенени талап етпестен смартфон жәрдеминде қан басымын өлшеў имканиятын беретуғын жаңа бағдарлама иске түсирилди.
Питтсбург университети изертлеўшилери тәрепинен ислеп шығылған бул бағдарлама импулс басымын баҳалаў ушын акселерометр, камера ҳәм сенсорлардан пайдаланады. Бул әсиресе, денсаўлықты сақлаў хызметлеринен пайдаланыў имканияты шекленген адамлар ушын пайдалы болып есапланады.
Қосымша смартфон экранындағы қолдың жағдайы ҳәм бармақ басымына қарап гидростатик басымдағы өзгерислерди анализ етеди.
Нәтийжелер дәстүрий басымды өлшеў усыллары менен салыстырылады — ийиў шама менен 8 мм (симоб) үстинин қурайды.
Бағдарламаны жаратыўшылар онда халықтың кем тәмийинленген қатламлары арасында бөлистириў ушын үлкен имканиятларды көреди.
Биомедицина инженери Рамакришна Муккамаланың сөзлерине бола, бул турақлы медициналық тексериўден өтиў имканиятына ийе болмаған адамларда гипертония кеселлигин анықлаўға жәрдем береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги