Төрткүл районындағы «МАКС-МАРМАРА» жуўапкершилиги шекленген жәмийети басшысы әдиллик бөлимине мүрәжат етип, «Төрткүл районы жоллардан пайдаланыў» унитар кәрханасынан 59 миллион 497 мың 517 сум муғдарындағы қаржыны өндирип бериўде әмелий жәрдем сораған.
– Бул мүрәжатты үйрениў нәтийжесинде жуўапкершилиги шекленген жәмийет ҳәм унитар кәрхана арасында ҳақыйқатында да өним жеткерип бериў шәртнамасының дүзилгенлиги, бул шәртнаманың 4.1.-бәнтине тийкарланып өним жеткерип бериўши шәртнамада көрсетилген өнимди «қарыйдарға» толық жеткерип бериў, сондай-ақ, шәртнаманың 5.2.-бәнтине тийкарланып «қарыйдар» шәртнамаға қол қойылып болғаннан кейин 3 (үш) күнлик мүддет ишинде 100 процент пулын өткерип берип, толық есап-санақ етиўи шәрт екенлиги белгилеп қойылғанлығы анықланды,-дейди районлық әдиллик бөлими Юридикалық хызмет көрсетиў орайының бас юрисконсулти Н.Абдурахмонова. – Бирақ «қарыйдар» тәрепинен үйрениў күнине майдаланған тас (щебень) өними ушын жеткерип бериўшиге 59 миллион 497 мың 517 сум муғдарындағы ақша төленбей киятырғанлығы анықланды.
Үйрениў нәтийжесине бола, районлық әдиллик бөлими тәрепинен «Төрткүл» районы жоллардан пайдаланыў» унитар кәрханадан «МАКС-МАРМАРА» жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына қарыздарлықты өндириў мақсетинде, Беруний районлар аралық Экономикалық судына шағым арзасы киргизилди. Нәтийжеде исбилерменге төленбей киятырған пулларды төлеў бойынша судтың шешиўши қарары шығарылып исбилерменниң ҳуқықы тикленди.
Д.Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги