Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарова Францияда болып өткен Халықаралық Франкофония шөлкеминиң 19-саммитинде қатнасты. Бул саммит шеңберинде министр ҳәм Кокоро Лингуа компаниясының тийкарын салыўшысы Натали Ласслет арасында сәўбет шөлкемлестирилди.
Атап өтилиўинше, Өзбекстан Республикасының Франциядағы елшиханасының жәрдеминде шөлкемлестирилген бул ушырасыўда тәреплер Өзбекстандағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 5-6 жасар балалар ушын инновациялық Кокоро лингуа платформасы жәрдеминде балаларға француз тилин үйретиў мәселелерин додалады. Додалаўлар соңында келеси бир жыл даўамында 12 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде бийпул түрде француз тилин оқытыў бойынша келисимге қол қойылды.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Кокоро лингуа балалар ушын тил үйретиў бойынша инновациялық халықаралық компания болып есапланады.
Ушырасыўлар даўамында министр Ҳилола Умарова «France Education International» шөлкеминиң Бас директоры Оливе Брандуи менен де ушырасты.
Онда француз тәрепи менен Өзбекстандағы француз тили муғаллимлериниң маманлығын арттырыў ҳәм тренер-оқытыўшыларды таярлаў, муғаллимлер алмасыў бағдарламасы ҳәм Өзбекстанда француз тили тестлерин (DELF junior, DALF) енгизиў бойынша келисимге ерисилди.
«France Education International» 1945-жылы дүзилген болып, шөлкемниң тийкарғы жумыс бағдарларынан бири тил бойынша сертификатлаў ҳәм тестлер дүзиўден ибарат.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА