ФОТОРЕПОРТАЖ
Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Жас китапқумар шаңарақ» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти. Онда таңлаўдың районлық ҳәм қалалық басқышларында жеңиске ерискен, 30 жасқа шекемги жәми 17 шаңарақ қатнасты.
Таңлаў Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги, Жазыўшылар аўқамы, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Таңлаў жуўмағында, Әмиўдәрья районындағы Өзбекстан мәҳәллесинде жасаўшы Бабажановлар шаңарағы биринши, Қоңырат районы Өрнек мәҳәллесинен Рашидовлар шаңарағы екинши, Беруний районы Саркоп мәҳәллесинде жасаўшы Исмоиловлар шаңарағы үшинши орынды ийеледи.
Таңлаў жеңимпазы ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
ӨзА
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери