Telegram мессенджери YouTubeға бәсеки болыўы мүмкин — компания HLS-стримингти қоллайтуғын жаңа видеоплеер жаратыў ушын таңлаў жәриялады.

Мағлыўмат берилиўинше, видеоплеер сырт браузер көринисиндеги жәрдем бериўшисиз, Telegram ишинде ислейди ҳәм интернет тезлигине қарап ролик сапасын автомат түрде сазлап береди.

Жаңа қолланбаны алдын iOS, соң Android системасында, атап айтқанда, десктопларда иске түсирмекши.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги