30-сентябрь күни «Өзбекстан Республикасы миллий маманлық системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди.
Қарарға бола, төмендегилер Миллий маманлық системасын реформалаўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленди, соның ишинде:
-Миллий маманлық системасын нормативлик-ҳуқықый, институционаллық ҳәм методикалық тийкарларын жетилистириў;
Рәсмий емес ҳәм информал арттырылған көнликпе ҳәм тәжирийбелерди тән алыў (“Recognition of Prior Learning”) системасын енгизиў;
-көнликпелерди прогнозластырыў (“skills anticipation”), көнликпелерге болған талапларды таллаў, (“skills needs analysis”), көнликпелери менен байланыслы кемшиликлерди үйрениў (“skills gap analysis”) қураллары ҳәм методологияларын ислеп шығыў ҳәм енгизиў.
«Билимлендириў тараўындағы жойбарлар орайы» жойбар офиси жанында Миллий маманлық системасын раўажландырыў институты шөлкемлестириледи.
2025-жыл 1-февральға шекем Институтта Миллий маманлық системасын раўажландырыў бойынша маманлығын арттырыў курслары жолға қойылады.
2025-жыл 1-ноябрьге шекем Миллий маманлық системасының бирден-бир санлы платформасы ислеп шығылады ҳәм әмелиятқа киргизилиўи тәмийинленеди.
2026-жыл 1-декабрьге шекем алдыңғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында 1800 кәсипти қамтып алыўшы кәсиплик стандартлар ислеп шығылады ҳәм әмелиятқа киргизилиўи тәмийинленеди.
ӨзА