4-5-октябрь күнлери Елликқала районында «Саҳра ҳаўазы» II фестивалы өткерилди. Фестиваль Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы, Елликқала районы ҳәкимлиги ҳәм бир қатар министрлик ҳәм мәкемелер менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Фестивальды өткериўден тийкарғы мақсет Елликқала районының тарийхый-мәдений, зиярат ҳәм экологиялық туризм бағдарлары, жергиликли өнерментлер ҳәм усы аймақтың туризм орынларын үгит-нәсиятлаўдан ибарат.
Еки күнлик илаж даўамында студентлер арасында жаңа туризм маршрутлары презентациясы ҳәм таңлаўлар, Топырақ қала тарихый естелигине саяхат ҳәм сүўретлеў өнери таңлаўы, Ақшакөл көли бойында миллий тағамлар таярлаў процеси шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, жаңадан бой тиклеген туризм дем алыў зонасында концерт бағдарламасы, сыйлықлаў мәресими, гүлхан әтирапында мәдений кеше ҳәм Аяз қала тарийхый комплексинде спорт жарыслары болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги