Төрткүл районында Өзбекстан, Қарақалпақстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, халқымыздың сүйикли қосықшысы Атажан Худайшукуровтың 80 жыллық юбилейи мүнәсибети менен шөлкемлестирилген «Ана дияр жыршысы» атамасындағы республикалық таңлаў ҳәм мәдений илажлардың ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты. Дәслеп, район орайындағы мәденият сарайы алдындағы Атажан Худайшукуровтың естелигине гүлшеңбер қойылып, буннан соң мәдений илажлардың ашылыў мәресими өткерилди.
Онда республикамыз басшысы тәрепинен Атажан Худайшукуров ширели даўысы, бийтәкирар таланты менен тек ғана елимизде емес, ал, Орайлық Азияда белгили болғанлығы, қысқа өмири даўамында миллий мәдениятымыздың раўажланыўына салмақлы үлесин қосқаны ҳәм оны дүнья халықларына танытыўда белсендилик көрсеткен көркем өнеримиздиң ири тулғаларының бири болғанлығы айрықша атап өтилди.
Мәдений илажлар «Ана дияр жыршысы» атамасындағы республикалық таңлаў, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районына сапары даўамында Өзбекстан, Қарақалпақстан, Түркменстан ҳәм Татарстан халық артисти Атажан Худойшукуровтың үй музейине барып, район белсендилери, бир топар нуранийлер менен бирге көркем өнер шебериниң өмири ҳәм дөретиўшилиги менен жақыннан танысты.
Ҳақыйқатында да, ҳәр қандай қунлы дөретпе қанша дәўирлер, заманлар өтсе де өзиниң ықласбентин таўып, өзинде сол дәўир руўхын жәмлеў менен бирге, инсанларды жақсылыққа, ийгиликли ислерге баслайды. Атажан Худойшукуров та өзинен мине, усындай өлмес дөретиўшилик мийрас қалдырған инсанлардың бири есапланады. Миллий мәдениятымызды бийик шоққыларға алып шыққан атақлы қосықшымыздың өлмес дөретиўшилиги еле узақ дəўирлерге шекем халқымыздың жүреклеринде жасап, көркем өнеримиздиң бийбаҳа дүрданалары сыпатында қəдирлене береди.
Үй музейи менен жақыннан танысыў барысында хош ҳаўаз ийесиниң дөретиўшилик жолы, қалдырған мийраслары ҳәм өмири менен байланыслы ўақыялар ҳаққында сөз етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги