Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Төрткүл районында халыққа қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Жоқарғы Кеңес Баслығы дәслеп, Төрткүл районы медицина орайына қараслы туўыў комплексиниң қурылыс жумысларын көзден өткерди. Улыўма 12,6 млрд. сум қаржы тийкарында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары шеңберинде туўыў комплексине қосымша 70 орынлық жаңа имарат қурыў, сондай-ақ, капитал оңлаў жумыслары режелестирилген.

Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы «Шадлық» мәҳәллесинде жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлар ҳәм 792 орынлық жаңа мектеп қурылысын барып көрди. Район ҳәкимлиги ҳәм жуўапкерлерге қурылыс жумысларының сапалы түрде алып барылыўы ҳәм өз ўақтында жуўмақланыўын турақлы қадағалап барыў бойынша анық тапсырмалар берилди.

«Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде терек егиў ҳәм жасыл белбаўларды пайда етиў, сондай-ақ, Тоғай хожалығы ҳәм Абаданластырыў басқармасы питомниги жумыслары да барып көрилди. Гүзги терек егиўге жерлерди ҳәм нәллерди таярлаў, жумысларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў бойынша тапсырмалар берилди. Жоқарғы Кеңес Баслығы халыққа сапалы азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў бойынша жумысларды да көзден өткерди. Районның дийқан базарында шөлкемлестирилген арзанластырылған саўда ярмаркалары, соның менен бирге, буйым базары менен де жақыннан танысты. Базарларда өнимлердиң баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў, сатыўшылар ҳәм қарыйдарлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги