5-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекетимиз басшысы Тәжикстан жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм жаңа жетискенликлер, туўысқан тәжик халқына абаданшылық ҳәм тынышлық тиледи.
Президентлер Өзбекстан-Тәжикстан қатнасықларын жоқары дәрежедеги келисимлерден келип шыққан ҳалда раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерин додалады.
Товар алмасыў көлемин арттырыў, санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў мақсетинде тығыз уйымлараралық бирге ислесиў ҳәм жедел алмасыўларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәмлекет басшылары регионда жүзеге келип атырған жағдай бойынша да пикир алысты.
ӨзА