Президентимиздиң «Опера ҳәм балет көркем өнерин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып миллий  опера ҳәм балет көркем өнерин дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаў, алдынғы сырт ел тәжирийбелерин үйрениў ҳәм мәдений қатнасықларды және де кеңейтиў мақсетинде  Әлийшер Наўайы атындағы  Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театры жәмәәти бир қатар сырт мәмлекетлерге  дөретиўшилик сапарлар менен шықпақта.

Усы күнлерде театр жәмәәти Түркияда дөретиўшилик гастрольда болып турыпты. Стамбул ҳәм Бурса қалаларында белгили композитор, пианиношы ҳәм дирижёр Игорь  Стравинскийдиң «Муққадес бәҳәр» балети көрсетиледи. Соның менен бирге, үлкен театрдың жетекши опера ҳәм балет солистлериниң қатнасыўында өзбек композиторлары ҳәм дүньяға белгили болған композиторлардың дөретпелери көрсетиледи.

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театры 2022-2026-жылларға мөлшерленген режеге бола 2022-жылдан берли  сырт елге гастроль сапарларын шөлкемлестирип келмекте.

Соның ишинде, 2022-жылы Корея Республикасының Тегу, Пусан, Кочанг, Пхёнтек қалалары бойлап  ҳәм Әзербайжан Республикасы Баку қаласында, сондай-ақ, 2023-жылы Қытай, Россия, Қазақстан, Беларусь Республикасы және 2024-жылдың 13-14-март күнлери Қырғызстанда сырт ел гастроль сапарлары әмелге асырылды.

2024-жылы Қырғызстан, Түркия ҳәм Италияға сырт ел гастроль сапарлары режелестирилген болып, ҳәзирги күнлерде екинши сырт ел гастроль сапары Түркияда болып өтпекте. Онда Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрдың 130 ға шамалас хызметкерлери қатнаспақта.

Сондай-ақ, быйылғы жылы Түркияның 16 аймағында болып өтип атырған «Türkiye Kültür Yolu Festivali» Халықаралық көркем өнер фестивалы шеңберинде Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан  мәмлекетлик академиялық үлкен театры да мийман жәмәәт сыпатында қатнасады.

Дүньяның барлық жерлериндеги мәденият ҳәм көркем өнер тараўының ўәкиллерин бир жерде бирлестирген бул көркем өнер фестивалында дүньяның белгили мәденият ҳәм көркем  өнер ғайраткерлери қатнаспақта. Усындай абырайлы фестивальда қатнасыўдан мақсет өзбек көркем өнерин ҳәм мәдениятын көрсетиўден ибарат.

– Театрымыз «Türkiye Kültür Yolu Festivali» Халықаралық көркем өнер фестивалында мийман сыпатында қатнаспақта, – деди Өзбекстан халық артисти, Әлийшер Наўайы атындағы  Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрының директоры Рамиз Усмонов. – Усы фестивальда қатнасыў ушын арзалар еки жыл алдыннан тапсырылып, бир ярым  жыл  алдын фестиваль бағдарламасы тастыйықланады. Соған қарамастан, биз еки ай алдын театрымыздың гастроль сапары шеңбериндеги көрсетиўлерин фестиваль бағдарламасына киргизиўге еристик. Және бир қуўанышлы тәрепи, дүньяға белгили болған театрлардан – Россия халық артисти Валерий Гергиев басшылығындағы Мариинск театры, Германияның «Deuche Opera Berlin» театры, Англияның «Royal Opera House» театрлары қатарында бизиң театрымыздың қатнасып атырғаны Өзбекстан көркем өнери ушын оғада үлкен мақтаныш болып есапланады. Сапар даўамында 2025-жылы Түркияда болатуғын дүньяға  белгили Халықаралық Аспендос опера ҳәм балет фестивалына қатнасыў бойынша да келисимлерге ерисилди.

Н.Усмонова, ӨзА